Өмир бериўши Тири Нан
Ийемиз: «Мен – Аспаннан өмир бериўге келген тири Нанман!» - деди. Ол басқа сапары: «Мен – Жол, Өмир ҳәм Ҳакыйқатпан!» - деди. Егер сиз өмир бериўши тири Нанды таўғыныз келсе ҳәм сиз Ҳақыйқат пенен туўрыдан-туўры ушырасқыңыз келсе, онда бул сайт сиз ушын арналған.
Бул сайттың биринши мәрте қарақалпақ тилинде жарыққа шығып атырғаны ушын Жаратқан Қудайға алғысларымызды айтамыз ҳәм Қудайдан қарақалпақ тилинде сөйлеўши көп ғана адамлардың бул сайт арқалы ҳақыйқыйқатты табыўын ҳәм шексиз қуўанышқа ийе болыўын сораймыз.
Нан... қарақалпақ халқы ушын қандай аҳмийетке ийе!
Ҳ әр күни үйде ыссы нан болыўы керек. Нансыз өмир тек қыйын болып ғана қоймай - ол мүмкин емес. Бизиң жанымыз, денемиз сыяқлы ҳәр күни өз нанына мүтәж болады. Болмаса ол азапланады ҳәм тынышлық таба алмайды. Бизиң жанымыз ушын зарүр болған нанды қай жерден алыўға болады?
Ийса айтты: "Мен аспаннан келген өмир нанынман" деп. Басқа сапары болса Ол: "Ҳәй, шаршап, аўыр жүк басқанлар, ҳәммеңиз маған келиңлер! Мен сизлерди рәҳәтлендиремен"... деди... "Меннен үйрениңлер: өйткени Мен мөмин ҳәм кишипейилмен. Солай етип, ке ўиллериңиз тынышлық табады. Мен берген мойынтырық ыңғайлы, жүгим жеңил, - деди".
Бул сайтта Сиз Ийсаның өмири ҳәм тәлийматы ҳаққында ҳәм Оның елшилери ҳаққында қарақалпақ тилинде және азғантай русс тилинде де көбирек билип алыўыңыз мүмкин. Сиз Мухаддес Китаптың китапларын, аудиозапислерди, қосықларды, фильмлерди ҳәм мультфильмлерди, сабақлықларды, мақалаларды, және де бизнес туўралы китапларды, басқа китапларды ҳәм қызықлы материалларды көриўиңиз ҳәм жүклеп алыўыңыз, тыңлaўыңыз, оқыўыңыз мүмкин.
Бизлер Сиз ушын ҳәм бизиң халқымыз ушын Жаратқан Қудайға дуўа етемиз. Илайым Сизиң үйиңизде барқулла нан болсын, ал жаныңыздын ишинде болса - тынышлық ҳәм қуўаныш. Буған бизиң сайтымыз Сизге жәрдем берсин!